Харезм ўәлиятында қарақалпақларды қуўдалаў басланды ма Нәўбет кимге

Поділитися
Вставка
  • Опубліковано 27 вер 2024
  • Bakhtiyar Kadirbergenov
    Россияда жүрген ўақтымда, бир ағамыз хабарласты. Оның айтыўына қарағанда жездеси Харезм ўәлиятында Электр тармақлары бөлиминде жумыс ислейди екен. Буннан бирнеше ай алдын, электр токи зыян бериўи мүмкин болған жерде қурылған имаратты суд арқалы буздырыўға рухсат алған. Тилекке қарсы ол имараттың ийеси Хорезм ўәлияты Прокуратурасы прокурорына жақыншылығы бар болып, арада келиспеўшилик келип шыққан. Гәп соған шекем барған ҳәтте, Муратбай Назарымбетовты бирнеше мәрте "қаяқтан келген қарақалпақ", "Хорезмнен қарақалпақларды жоқ етемен" депте адамлар көзинше айтқан.
    2о18-жылы Президент селектрда "ең үлкен урылар - бул прокурорлар, мен оларды жаман көремен, ҳәким болып ислеген ўақытларым көп жәбир көрдим" деген еди. Бул гәплердиң ҳақыйқат екенин, биз журналистлерди түнде үйлеринен алып кеткен ўақытта да гуўасы болған едик. Демек, бул тек бизиң Қарақалпақстанда емес, ҳәтте Харезмде де сондай адамлар бар екенин билдиреди.
    Ўақыялар неден басланған?
    Жоқарыдағы ағамыздың айтқанынан соң көп өтпей, kun.uz, sof.uz ҳәтте телевидениелерден Мурат Назарымбетов 15 мың $ пара алып атырған ўақытта Прокуратура хызметкерлери тәрепинен қолға алынды деген гәп тарқалды.
    Изертлеўлерим;
    Бул темада "Ел хызметинде" газетасы журналисти Д. Тажимуратов да алып шықты, ол тек ға журналист емес биринши нәўбетте юрист екенинен ҳәммениң хабары бар. Соңынан усы жәбир көрип атырған ағамыздың адвокатлары менен сөйлестим, өмирлик зайыбы, туўысқанлары ҳәм ең баслысы нейтрал юрист пененде сөйлестим.
    Жуўмақ;
    Бул жерде ҳәммеси Прокуратура үлкен қәтешиликке жол қойғанын айтпақта. Атап айтсақ, усынылған арнаўлы ақшада бармақ излери болмаса да оны елеге шекем қамақта услап турғаны, сол пулды әкелип берген адам азатлықта жүргени (негизи ол шериклес сыпатында айып4а илиниўи кереклиги, ал жынаятты ашып берди дейик десек оны судта судья тастыйықлап бериўи тийис), еле суд болмай турып, шахстың аты жөнин, лаўазымын әшкаралаўы ҳәмде ең баслысы оны қамап қойып руўхый "сындырыў"ға урынып атырғанлықлары анықланды. Шаңарақ ағзаларының айтыўына қарағанда ҳәзирги ўақытта денсаўлығына да қәўип дөнип турғаны айтылмақта.
    Жеке пикирим;
    Егер, ертең бул ағамыз ақланып шықса, есап ете бериң Өзбекстан Республикасының Прокуратура системасы қаншелли "ақсақ" екенин және бир мәрте пүткил дүнья көз алдында көрсетип берип, усы елдиң басқа дунья жүзи еллери алдында еледе имиджин түсирип жиберери сөзсиз. Ырасын айтқанда усындай лаўазымлы шазслардың кесиринен бул елдиң атағы да, абройы да жоқ.
    Миллетшилик етип атырған прокурорға айтарым;
    Жабайылық етпе, сендей жабайылықты бизиң қаракенде ететуғын болса Қарақалпақстанда өз ырысқы-несийбесин шөплеп жүрген нешше бир Хорезмлик аға-инимизге кесири тийери анық. Бирақ, мениң халқым булай ислемейди, себеби, кеўилимиз кең, екиншиден бизде солай ислесек сеннен парқымыз қалмайды. Күшиңди өзиңнен лаўазымы төменлерге емес жоқарыларға көрсет, әне Хорезмде сонша сырт елли инвесторлар жүр, қолыңнан келсе соларды қуўдала, кейин отыр ҳешкимди киргизбей, ҳешкимди шығармай. Бундай шала ойлап ислеген ислериңниң ақыбети 2 миллет арасында үлкен даўға айланып кетсе де ҳайран қалмайман. Ойланып ис жүриткен дурыс болады бундайда.
    Ютубдағы видеоға келетугын болсақ, бул усы ағамыздың шаңарақ ағзаларының президентке деген өтинишлери. Дурыс, ишинде эмоцияға берилип қатты-қатты айтқат жерлери баршылық. Бул видеоны алғанымда, сол сөзлерди кесип таслап салыўыма да болатуғын еди. Олай ислемедим, себеби, көрсин 1 лаўазымлы шахстың жаласы деп пүткил бир әўлад қан аўҳалда қалған, олар тап ҳәзирги ўақытта қандай тәшўиш астында қалғанын көрсетпекши болдым. Мениңше ақылы бар адам буны түсинеди деген үмиттемен. Жеке өзиме биреў солай ислесе, анамның көз жасын төгиўине себепши болса, хай-пайына қарамай оған бир бәле ислеп қоярым анық, кейин қамайсаңба, басқа қыласаңба билгенлериңди ислең деп турар едим.

КОМЕНТАРІ •